16+
    Министрлер Кабинетиниң Президиумы

    Өзбекистан Республикасы Бас министриниң секретариаты Министрлер Кабинети Президиумының жумысшы уйымы есапланады. Министрлер Кабинетиниң турақлы ислейтуғын уйымы сыпатындағы Министрлер Кабинетиниң Президиум мәжилислери ҳәр ҳәптеде Өзбекистан Республикасының Бас министри тәрепинен өткериледи.

    Министрлер Кабинети Президиумының көрип шығыўы ушын Өзбекистан Республикасы Президенти тапсырмаларының орынланыўын шөлкемлестириў мәселелери ҳәм Министрлер Кабинетиниң ўәкиллигине киретуғын мәселелер киргизиледи, «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының Нызамынa муўапық тек ғана Министрлер Кабинетиниң мәжилислеринде көрип шығылатуғын мәселелер буған кирмейди.

    Министрлер Кабинетиниң Президиум мәжилислеринде көрип шығыў ушын мәселелерди таярлаў Министрлер Кабинетиниң Президиумы тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

    Министрлер Кабинетиниң Президиум мәжилислеринде қабыл етилген қарарлар протокол түринде шығарылады, олардың орынланыўын қадағалаў Бас министр секретариатына, Бас министр орынбасарларына ҳәм мәлимлеме-талқылаў департаментлериниң басшыларына жүкленеди. Баян мәжилисте басшылық етиўши тәрепинен қол қойылады.

    Министрлер Кабинетиниң орынланған қарарлары ҳәм бийликлерин қадағалаўдан шығарыў ҳаққындағы қарар Министрлер Кабинетиниң Президиумы тәрепинен қабыл етиледи.

    • view_icon 1049
    Ақырғы жаңаланыў : 2022-12-14 11:47:23